ЖУРНАЛИСТИКА

Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Журналистика» кафедрасы 1983-жылы филология факультети қурамында шөлкемлестирилди. 1989-жылы «Әдебият теориясы ҳәм журналистика» кафедрасы болып ашылды. Кафедраға профессор К.Мәмбетов басшылық етти. 1992-жылдан өз алдына «Журналистика» кафедрасы шөлкемлестирилип, оны 1992-1999-жыллары доцент М.Жумамуратова басқарды. Кафедрада қарақалпақ журналистикасын изертлеў ҳәм илимий кадрларды жетилистириў ислери жолға қойылып, А.Абдимуратов, Д.Бекбаўлиев, З.Қожықбаевалар кандидатлық жумысын жақлады. Кафедраға 2000-2002-жыллары З.Қожықбаева, 2002-2006-жыллары Б.Палўанов, 2006-2009-жыллары Ю.Пахратдинов, 2009-2014-жыллары Д.Бекбаўлиев басшылық етти. 2014-жылдан ҳәзирге шекем ф.и.к., доцент З.Оразымбетова басшылық етпекте.

Дәслепки жыллары журналист кадрларды таярлаўда филолог профессор-оқытыўшылар К.Мәмбетов, С.Ахметов, С.Садықов, К.Алламбергенов, Г.Есемуратов, А.Нәжимов, И.Өтеўлиев ҳәм журналист қәнигелер М.Жумамуратова, Ш.Аяпов, К.Реймов ҳәм басқалар жумыс алып барды. Буннан соңғы жыллары кафедрада журналистлер Ш.Уснатдинов, Р.Дәўлетмуратов, К.Реймов, Ө.Есбергеновлар жумыс иследи.

Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 1999-жыл 26-февраль күнги «Журналист кадрларды таярлаў ҳәм қайта таярлаў системасын жетилистириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық 1999-жылдың апрель айында журналистика кафедрасы өз алдына журналистика бөлими болып шөлкемлестирилди. Бөлимди 1999-2000-жыллары профессор Б.Абдикамалов, 2000-2002-жыллары Ш.Абдиназимов, 2002-2004-жыллары Б.Генжемуратов, 2004-2005-жыллары Б.Палўановлар басқарды.

Ғәрезсизликтиң дәслепки жылларынан баслап журналист кадрларды таярлаўға айрықша итибар қаратылды. Бүгинги күнде журналистика кафедрасында 12 профессор-оқытыўшы болып, олардан сегизи илим кандидаты ҳәм доцентлер. Илимий дәрежелилик 70 %.

Бүгинги күнге шекем 20 дан аслам оқыў ҳәм оқыў-методикалық қолланбалар, монографиялар баспадан шықты. Ҳәр жылы «3-май – дүнья жүзлик баспасөз еркинлиги күни» мүнәсибети менен журналистика кафедрасының шөлкемлестириўинде «Глобалласыў процеси ҳәм ғалаба хабар қураллары хызмети» атамасындағы дәстүрий Республикалық илимий-әмелий конференция халық аралық ҳәм республикалық көлеминде өткериледи.

Кафедра профессор-оқытыўшылары сырт ел ҳәм Өзбекстандағы жоқары оқыў орынлары, илимий орайлар менен тығыз байланыста жумыс алып барады. Ɵзбекстан Мәмлекетлик Жәҳән тиллери университети халық аралық журналистика факультети менен оқыў бағдары, илимий конференциялар ɵткериў бойынша бес жылға (2015-2020-жыллар) шәртнама дүзилген. Шәртнама тийкарында бирге ислесиў жумыслары алып барылмақта. Илимий-теориялық конференциялар Ташкентте ҳәм Нɵкисте болып ɵтпекте. Мырза Улығбек атындағы Өзбекистан Миллий университети профессорлары Ф.И.Муминов ҳәм Ф.А.Муминовалар ҳәр жылы студентлерге лекциялар оқыйды.

Кафедра доценти М.Жумамуратова 2007-жылы Малайзия, 2017-жылы Грузия, 2018-жылы Татарстан мәмлекетлериндеги илимий-теориялық конференцияларға, доцент Б.Палўанов 2006-жылы Россия, 2008-жылы Швеция, 2011-жылы Бельгия, Қазақстан, 2018-жылы Италия мәмлекетлеринде илимий сапарда болды. Доцент Б.Палўанов 544061-TEMPUS-1-2013-1-UK-TEEMPUS JPCR HIGHVEC «Разработка учебных программ по инженерному   строительству автомагистралей и транспортному машиностроению» атамасындағы жойбардың координаторы болып ислеп атыр.

Студентлердиң илимий-дөретиўшилик уқыбын арттырыў мақсетинде «Жас журналистлерди таярлаў клубы» шөлкемлестирилген болып, оның ағзалары республикалық көлемдеги таңлаў жеңимпазлары болмақта.

Кафедрада ислеп атырған илимий дәрежели профессор-оқытыўшылар

 

Бекбаулиев Даулетбай Ускинбаевич, тарих фанлари номзоди, доцент. 1964 йили Ходжайли туманида туғилган. 1989 йил Нукус давлат университетини тугатган. Мутаҳассислиги журналист. 1997 йилда «Қорақалпоқстон матбуоти мустақиллик йилларида» (1991-1995йиллари мисолида)» мавзусида номзодлик диссертациясини ҳимоя қилди. 40 тан ортиқ илмий мақолалари, 2та ўқув қўлланма муаллифи. 2009-2014 йилларда журналистика кафедраси мудири лавозимида ишлади. 2014 йилдан кафедра доценти.

2019-жылдан баслап журналистика кафедра баслығы болып ислеп келмекте

 

Оразымбетова Злиха Кыдырбаевна,филология илимлериниң кандидаты, доцент. 1972-жылы Хожелиде туўылған. 1994-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги журналист. 2006-жылы «Қарақалпақ күнделикли баспасөзи тилиниң қәлиплесиўи» (1924-1940-жыллар) темасында кандидатлық диссертациясын жақлады. 50 тан аслам илимий мақалалары, 4 оқыў қолланбасы баспадан шықты.

 

Жумамуратова Малика Тилеўбергеновна, филология илимлериниң кандидаты, доцент. 1956-жылы Нөкис қаласында туўылған. 1978-жылда Ташкент мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги журналист. 1992-жылы «Халық шайырларының дөретиўшилигинде миллий ҳәм улыўма инсаныйлықтың үйлесими» деген темада кандидатлық диссертациясын жақлады. 100 ден аслам илимий мақалалары, 1 монографиясы, 3 оқыў қолланба, 5 оқыў-методикалық қолланбасы баспадан шықты. 1999-жылдан журналистика кафедрасының доценти.

 

 

Қожықбаева Зияда Адилбаевна, филология илимлериниң кандидаты, доцент. 1964-жылы Нөкис қаласында туўылған. 1988-жылда Нөкис мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги журналист. 1998-жылы «Ҳәзирги қарақалпақ әдебиятында көркем очерк (1980-1990-жыллар)» деген темада кандидатлық диссертациясын жақлады. 50 ден аслам илимий мақалалары, 1 оқыў қолланбасы, 4 методикалық қолланбасы баспадан шықты. 2008-жылдан журналистика кафедрасының доценти.

Палўанов Бахытбай Нурлыбаевич, филология илимлериниң кандидаты, кафедра доценти. 1974-жылы Шымбай районында туўылған. 1996-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги журналист. 2007-жылы «Ҳәзирги қарақалпақ әдебиятында эссе жанры» деген темада кандидатлық дис-сертациясын жақлады. 30 дан аслам илимий мийнетлери баспадан шықты. 2008-жылдан журналистика кафедрасының доценти лаўазымында ислеп атыр.

Қалекеев Қуўанышбай Жартыбаевич, филология илимлериниң кандидаты, доцент. 1975-жылы Нөкис районында туўылған. 1998-жылы Мырза Улығбек атындағы Ташкент мәмлекетлик университетин тамам-лаған. Қәнигелиги журналист. 2009-жылы «Заманагөй қарақалпақ баспасөзинде тарийхый шахслар образын сәўлелендириў тенденциясы ҳәм машқалалары» темасын-да кандидатлық диссертациясын жақлады. 40 қа жақын илимий мақалалары, 2 оқыў қолланбасы баспадан шықты. 2003-жылдан журналистика кафедрасының доценти лаўазымында ислеп атыр.

 

Атажанов Ҳүрмет Әбдимуратович, филология илимлериниң кандидаты. 1977-жылы Нөкис қаласында туўылған. Қәнигелиги журналист. 2000-жылы Қара-қалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған. 2012-жылы «Қарақалпақстан баспасөзинде руўхыйлық мәселелериниң сәўлелениўи» темасында кандидатлық диссертациясын жақлады. 25 тен аслам илимий мақалалары ҳәм тезислери баспадан шыққан. 2015-жылдан журналистика кафедрасында үлкен оқытыўшы болып ислеп атыр.

 

 

Машарипова Тамара Жолдасбаевна, филология илимлери бойынша филолсофия докторы (PhD). 1968-жылы Шоманай районында туўылған. Қәнигелиги журналист. 1989-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған. 2017-жылы «Публицистика теориясының бир пүтин концепциясы» темасында диссертациясын жақлады. 40 тан аслам илимий мақалалары ҳәм тезислери баспадан шыққан. 2018-жылдан журналистика кафедрасында үлкен оқытыўшы болып ислеп атыр.

Сондай-ақ, кафедрада Ж.Марзияев, Е.Жәримбетов, М.Қудайбергенов, Қ.Бегниязова ассистент лаўазымында ислеп атыр.